Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

 Онлайн репортаж. Қубла автовокзалдан амфитеатрға шекем марафон өткерилмекте



Бүгин, яғный 8-май күни пайтахтымыз Нөкис қаласында Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен ғалабалық марафон өткерилмекте. Қарақалпақстан хабар агентлигиниң мәлим етиўинше,
Марафон Қубла автовокзалдан старт алып, Төрткүл гүзары бойлап Әмир Темур көшеси арқалы Ислам Кәримов гүзарында болып өтпекте. Марафон финиши Амфитеатр алдына орнатылған. Марафонға мектеп, колледж-лицейлердиң оқыўшылары, жоқары оқыў орынларының студентлери, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкем хызметлери, сондай-ақ, Арқа-батыс әскерий округиниң әскерий хызметкерлери қатнаспақта. Мағлыўматта айтылыўынша, марафон жеңимпазларына велосипед, заманагөй телевизор ҳәм басқа да сыйлықлар тапсырылады.
 
    2018-05-08 12:10:23 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine