Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Олимпияда жеңимпазларына пул сыйлықлары ҳәм “Malibu” автомашиналары тапсырылды



Усы жылдың 5-21-август күнлери Бразилияның Рио-де-Жанейро қаласында болып өткен XXXI жазғы Олимпия ойынларында ўатанымыз атын мүнәсип қорғаған спортшыларымыз 4 алтын, 2 гүмис ҳәм 7 бронза медалын қолға киритти. Президентимиз Ислам Каримовтың 2016-жыл 23-августтағы пәрманына муўапық Олимпия ойынларының жеңимпазлары пул сыйлықлары менен хошаметленди. Пайтахтымыздағы «Олимпия шон-шуҳрати» музейинде 29-август күни Олимпияда жеңимпазларын сыйлықлаўға арналған мәресим болып өтти. Өзбек бокс мектеби ўәкиллери Олимпияда ойынларында Өзбекистан спорт делегациясы есабына биринши алтын медалды бокс бойынша салмағы 49 килограммға шекем болған спортшылар жарысына қатнасқан Ҳасанбой Дўстматов келтирди. Ол ең жақсы беллесиўлерди алып барғаны ушын Олимпия ойынларының ең жақсы боксшысы сыпатында Вэл Баркер кубогы менен сыйлықланды. Фазлиддин Ғойибназаров салмағы 64 килограммға шекем болған спортшылар жарысында, Шаҳобиддин Зоиров салмағы 52 килограммға шекем болған салмақтағы боксшылар беллесиўинде барлық карсыласларын жеңим олимпияда жеңимпазлары болды. Өз салмақ категориясында Бектемир Мелиқўзиев ҳәм Шаҳрам Ғиёсов гүмис, Рустам Тўлаганов ҳәм Муроджон Аҳмадалиев бронза медаль менен сыйлықланды. ХХХI жазғы Олимпия ойынларының ең әҳмийетли ўақыяларынан бири бул аўыр атлетика беллесиўлеринде Руслан Нурудиновтың алтын медальды жеңип алыўы менен бирге Олимпияда рекордын жаңалап, Өзбекистанымыз жасларының күш қүдиретин пүткил дүньяға танытыў болды. ХХХI жазғы Олимпия ойынларының дзюдо, еркин ҳәм юнон-рум гүреси бойынша өткерилген беллесиўлеринде де спортшыларымыз табыслы қатнасты. Диёрбек Ўрозбоев, Ришод Собиров, Элмурод Тасмуродов, Ихтиёр Наврўзов ҳәм Магомед Ибрагимов Өзбекистан спорт делегациясы есабына бронза медальларды инам етти. Республика Президенти пәрманына муўапық мәмлекетимизде физикалық тәрбия ҳәм спортты раўажландырыў, жаслар арасында олимпияда ҳәрекетин үгит-нәсиятлаўдағы белсене қатнасы, Рио-де-Жанейро қаласында (Бразилия) болып өткен ХХХI жазғы Олимпияда ойынларындағы жоқары спорт тәжирийбеси ҳәм мәртлиги, халық аралық спорт майданларында Өзбекистанның абырайын асырыўға қосқан үлкен үлеслери ушын спортшыларымыз бир төленетуғын пул сыйлығы менен хошаметленди. Олимпия ойынларында алтын медальды қолға кириткен спортшыларымыздың ҳәр бири 200 мың АҚШ доллары, гүмис медальға ерискен спортшыларымыз ҳәр бири 100 мың доллар, бронза медальды қолға кириткен спортшылардың ҳәр бири 75 мың доллар менен сыйлықланды. Олимпия ойынларында жеңиске ерискен спортшыларымызға “Malibu” автомобили де берилди. 
    2016-11-14 10:06:16 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine