Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Оқыўға имтиҳансыз қабылланатуғын оқыўшылардың дизими кеңейди




Ҳүкимет қарары (190-сан, 05.03.2019-ж.) менен Халық аралық ҳәм республика олимпиадалар, таңлаўлар, жарыслар жеңимпазлары болған академиялық лицейлер, кәсип-өнер коллежлери ҳәм улыўма билимлендириў мектеплери оқыўшыларын сыйлықлаў тәртиби ҳақкындағы режеге қосымшалар киргизилди.
Киргизилген қосымшаларға муўапық, спорттың техникалық ҳәм әмелий түрлери, автомобиль ҳәм мотоцикл спорты, спорттың авиамодель ҳәм ракетамодель бойынша республика жарысларында биринши, халықаралық жарысларда биринши, екинши, үшинши орынларды ийелеген оқыўшылар жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынаўларысыз ҳәм қосымша имтиҳанларсыз оқыўға қабыл етиледи.
Алдын бул жеңиллик тек спорттың олимпиада түрлери, “Гүрес” миллий спорт түри, шахмат, шашка бойынша жарыс жеңимпазларына берилген.
Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme
    2019-03-07 17:15:09 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine