Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Nurlanıwǵa qarsı arnawlı-taktikalıq oqıw-shınıǵıwı ótkerildi



Derek: Qaraqalpaqstan xabar agentligi
         
Усы жылдың 30-май күни «Қарақалпақ екилемши қара металл» ЖШЖниң Нөкис цехында арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди.
Бунда цехқа екилемши қара металлды қабыл етиў пайытында белгисиз ионластырыўшы нурланыў дәреги анықланғанда усы жәмийет басшыларының республикалық пуқаралық қорғаныў хызметлери менен биргеликтеги ҳәрекетлери әмелге асырылды.
Бундай айрықша жағдайлар анықланғанда өткерилетуғын илажлардың избе-излигин тәмийинлеп, оларды орынлаўшыларды, сондай-ақ, адамлар менен аймақлардың радиациялық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында ҳәрекет ететуғын бөлимлерге жүкленетуғын тийкарғы ўазыйпаларды ҳәм қадағалаўшы уйымлар менен қорғаныў структураларының өз-ара бирге ислесиўин жетилистириў болып есапланады.
Оқыў-шынығыўына жәми 87 адам ҳәм 14 техника қатнасты.
 
    2019-05-31 14:10:41 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine