Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкистеги ярмаркада 553 пуқараға жумысқа жайласыў ушын жоллама берилди



Усы жылдың 15-ферваль күни Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм басқа да бир қатар министрлик ҳәм шөлкемлер менен биргеликте «Жаслар – келешек қурыўшысы», «Халқымыз хызметинде болыў ҳәм елимиздиң раўажланыўына үлес қосыў – үлкен бахыт» атамаларында жас исбилерменлер, өнерментлер ҳәм фермерлер тәрепинен ислеп шығарылған миллий өнимлер саўда көргизбеси ҳәмде халықты жаңа жумыс орынлары менен тәмийинлеў бойынша мийнет ярмаркасы өткерилди. Бул ҳаққында kruz.uz хабар бермекте. Көргизбеде 121 жас исбилерменлер, өнерментлер ҳәм фермерлер өзлериниң ислеп шығарған өнимлери менен қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен Нөкис қаласы ҳәм барлық районлардағы мәкеме ҳәм шөлкемлердиң 1000 ға жақын бос жумыс орынлары менен қатнасыўында мийнет ярмаркасы өткерилди. Мийнет ярмаркасы даўамында 553 пуқараға (соннан 174 жаслар, 71 колледж питкериўшилери, 76 ҳаял-қызлар) жумысқа жайласыў ушын жоллама берилди, соннан 254 пуқара ярмарканың өзинде жумысқа кирип, мийнет шәртнамалары дүзилип, буйрықлары менен таныстырылды.
Илаж шеңберинде саўда ярмаркасы шөлкемлестирилип, пуқаралар өнимлерди арзанластырылған баҳада сатып алыў имканиятына ийе болды.
Көргизбе даўамында Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң усынысы менен Орайлық банк Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы тәрепинен 10 жас фермер, 10 жас исбилермен ҳәм 10 жас өнерментке қайта қаржылаўдан жоқары болмаған пайызда ең кем ис ҳақының 500 есеси муғдарына шекемги суммада жеңиллетилген кредитлер алыў имканиятын бериўши арнаўлы сертификатлар берилди.
Көргизбе шеңберинде Жаслар аўқамының қала ҳәм районлық Кеңес баслықларына 10 жыл мүддетке, жеңиллетилген кредит тийкарында «Президент саўғасы» сыпатында 11 дана «Дамас» ҳәм 4 дана «Спарк» автомобиллери тапсырылды.
 
    2018-02-16 07:21:38 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine