Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкисте «Жаслар Пресс клубы»ның биринши сессиясы болып өтти



9-январь күни Нөкис қаласындағы Жаслар Орайында Өзбекистан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген «Жаслар Пресс клубы»ның биринши сессиясы болып өтти.  Онда министрлик ҳәм мәкемелер хызметшилери, ҒХҚ ҳәм Жаслар аўқамының жас репортёрлары қатнасты.
«Жаслар Пресс клубы»ның биринши сессиясына Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Абатбай Данияров, Ишки ислер министрлиги Ҳукықбузарлықлар профилактикасы басқармасы баслығы Кеңесбай Нурабуллаев, Халық билимлендириў министри Аманжол Аяпов, Орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў басқармасы баслығы Пийшембай Сейтмуратов мийманда болды. Пресс клубта министрлик ҳәм басқармалар тәрепинен өткен 2017-жыл даўамында әмелге асырған жумыслары, 2018-жыл ушын белгиленген режелер ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул мағлыўматлар менен эфиримиздиң келеси санларында толық таныстырып барамыз.
 
    2018-01-09 12:30:41 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine