Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкисте ҳәдис билимданларының жарысы болды



 5-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Ҳәдис билимданы» жарысының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти. Онда жарыстың қалалық, районлық басқышларында жеңимпаз болған 86 пуқара қатнасты
Жарыс шәртлерине муўапық олардың Имам Бухарий ҳәм Имам Термизийдиң өмири және илимий мийнетлери туўралы билимлери сынақтан өтилди. Сондай-ақ, ҳәдислерди мәнили оқып түсиндириўи, аўдарма ислеўи, пайдалы тәреплерин таўып айта алыўы, ҳәдислерди ядтан айтыўы сыяқлы шәртлер де орынланды.
Жарыс соңында жеңимпазлар анықланып, Мамасалиев Жалоллиддин биринши, Низаматдинов Толқын екинши, Сагидуллаев Зарафатдин ҳәм Ережепов Хайтмуратлар үшинши орынды ийеледи.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды, деп хабар берди Қарақалпақстан хабар агентлиги.
 
    2018-05-07 09:37:43 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine