Nókiste piyadalar kópiriniń qurılısı baslandı
Derek: zaman.uz
Нөкис орайлық базары алдындағы Төлепберген Қайыпбергенов көшесинен Ерназар Алакөз көшесине өтиў кесилиспесине пиядалар өткелиниң қурылыс жумыслары басланды.
Өткелдиң бийиклиги 5 метр, узынлығы 27 метр ҳәм ени 3,20 метр болыўы режелестирилип, қурылыс жумыслары "Қарақалпақ көпирлерден пайдаланыў" Мәмлекетлик унитар кәрханасы тәрепинен әмелге асырылмақта.