Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкисте қыстаўлы медициналық жәрдемниң Call орайы ашылды



Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалының тез жәрдемди  қыстаўлы түрде шақырыўға мөлшерленген күни-түни ислейтуғын бирден-бир телефон номериниң үзликсиз жумыс ислеўин тәмийинлейтуғын Call орайы ашылды.
Орай ҳәзирше 103 телефон номерине келген қоңыраўларды тек Нөкис қаласы аймағынан қабылламақта. Бүгинги күнде пайтахтымыз бойынша хызметтеги 25 қыстаўлы медициналық жәрдем автомашинасынан медициналық жәрдемге мүтәж пуқараға ең жақын аралықта жайласқаны анықланып, көшпели бирагадаға жедел түрде наўқас ҳаққындағы мағлыўматлар жеткериледи. Call орайы заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары, сондай-ақ, операторлар, орта медициналық ҳәм техникалық хызметкерлер менен тәмийинленген.
Call орайына арнаўлы таңлаў арқалы жумысқа алынған операторлар еки айлық шеберлик сабақларында компьютер технологиялары бойынша билимин арттырып, жаңа системада жумыс алып барыў барысында тәжирийбесин жетилистирип бармақта. Сондай-ақ, жергиликли қәнигелер Түркия мәмлекетиниң Измир, Россия Федерациясының Санкт-Петербург қалаларында болып, тез медициналық жәрдем хызмети жумысларын үйренип келди.
Нөкистеги Call орайын шөлкемлестириў ушын 116 миллион сумнан аслам қаржы жумсалып, орайда оңлаў, интернет тармағының ҳәм телефонлардың үзликсиз ислеўин тәмийинлеў мақсетинде оптикалық-талшықлы кабель тартыў, диспетчер ханасына шақырыўларды қабыллаў ушын 18 телефон линиясын тартыў, шақырыўларды орайластырыўға хызмет ететуғын компьютерлер ҳәм инвентарьлар менен тәмийинлеў жумыслары әмелге асырылды.
Әҳмийетлиси, Call орайында барлық сөйлесиўлер келешекте анализлеў ҳәм қадағалаў ушын жазып алынады.
Бүгинги күнде 12 миллион сумға 24 дана GPS -навигатор сатып алынып, қыстаўлы медициналық жәрдем автотранспортларының ҳәрекетин мониторинг етиў ушын GPS -навигацияларынан пайдаланып киятырған болса, кейин ала басқышпа-басқыш санлы радиобайланысқа өтиў арқалы жумыс және де жеделлестириледи. Ҳәзир 146 қыстаўлы медициналық жәрдем автомашинасының баратырған орны, жарамсыз ҳалатта оңлаўда турғаны GPS -навигациясы арқалы бақлап турылады. Көшпели бригадалардың барлығы планшетлер менен тәмийинленип, орайдан жиберилген шақырыўлардың мәнзилин онлайн картадан пайдаланған ҳалда таўып алыў имканиятына ийе болады. Соның менен бирге, келешекте Call орайы республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан қоңыраўларды қабыллап баслайды.
 
Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги
    2019-02-22 17:55:16 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine