Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

НӨКИСТЕ ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ АТЫНДАҒЫ МЕКТЕП-ИНТЕРНАТЫ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ



Президентимиз Ш.Мирзиёев халқымыз бенен өзиниң сайлаўалды ушырасыўында Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекистан Қаҳарманы,  қарақалпақ ҳәм өзбек әдебиятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан ири тулғалардың бири Ибрайым Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатын қурыў бойынша усынысын берген еди ҳәм усы жылы 20-21 январь күнлери елимизге сапары даўамында усы имараттың ирге тасын қалаған еди. Сондай-ақ, имарат алдында шайырдың бюстин орнатыў, мектеп базасында киши баспахана шөлкемлестириў, ҳәр қыйлы әдебиятларды аўдарыў, басып шығарыў лазымлығын да атап өткен еди.  
Қурылысы жедел пәтлер менен алып барылған бул мектептиң ашылыў мәресими 2-сентябрь күни болып өтти. Имараттың салтанатлы ашылыў мәресимине министрликлер менен ведомстволардың, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, жазыўшы-шайырлар, ата-аналар ҳәм басқалар қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы  Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов сөзге шықты ҳәм жыйналғанларды әжайып байрамлары менен қутлықлады.
Илажда атап өтилгениндей, елимиздеги уллы байрамлар қарсаңында халқымыз уллы тарийхый ўақыялардың гүўасы болып, шексиз қуўанышқа бөленбекте. Қысқа мүддетте 216 орынға мөлшерленген еки қабатлы оқыў имараты, 100 орынлық жатақхана, барлық қолайлықларға ийе спорт залы, асхана, мәжилислер залы қурып питкерилди, мектеп заманагөй мебельлер ҳәм үскенелер менен тәмийинленди.
Бул билим дәргайына 5-7-класс аралығындағы әдебий дөретиўшилик потенциалы жоқары, инталы оқыўшылар тест сынақлары ҳәм сәўбетлесиў тийкарында қабылланған. Оларға тәжирийбели, жоқары мағлыўматлы, өз кәсибиниң маман қәнигелери тәлим берип, жол-жоба көрсетеди.
Қатнасыўшылар мектеп имараты майданында жайласқан  шайырдың естелигине гүллер қойып, ҳүрмет көрсетти.
– Халықтың сүйикли перзенти И.Юсуповтың ҳүрметине усындай имараттың ашылыўы, мектеп жанынан оқыў сабақлықлары ҳәм басқа да әдебиятларды аўдарма ислейтуғын аўдарма орайының, басып шығарыў ушын киши типографияның шөлкемлестирилгени, оқыўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде жатақхана қурылыўы барлығы дөретиўши халыққа, соның ишинде, қәбилетли жасларға деген Президентимиздиң ҳүрмети, жоқары итибары, деп билемиз, – дейди қызы усы мектепке оқыўға қабылланған тахтакөпирли Б.Сейтниязова.
Заманагөй, ықшам, жаңа имаратта дәслепки «Пидайың болғаймыз сениң, Өзбекистан!» сабақлары өтилди.
Қала-районлардан, пайтахтымыздан келген халық шайырдың естелигин гүллер менен безеди…
«Шайырлық мениң руўхый өмирим, машақатлы мийнетим,  мақтанышым. Бүгинлиги журт қатары жаңа заманға – ғәрезсизлик заманға ерисип, оған хызмет қылыў несип еткенине қуўанаман», деп жазған еди  70 жыллық юбилейи қарсаңында Өзбекистан Қаҳарманы, көрнекли шайыр Ибрайым Юсупов. Өзиниң пүткил өмирин ел-халқына хызмет етиўге бағышлаған бийтәкирар талант ийесиниң бүгин де халқымызға қарап:
«Сен қуўансаң, кеўлим тасып,
Ай-жулдызды аралайман,
Сәл ынжылсаң мазам қашып,
Саў жанымды жаралайман.
Қосық – теңиз, болсам – балық,
Ис буйырса сиздей халық,
Аяғымды қолға алып,
Басым менен жумалайман» деп атырғандай…
Бул дәргайдан елимиздиң уллы перзентиниң избасарлары, халық ушын жанкүйер дөретиўшилер жетисип шығатуғынына беккем исенемиз.
М.Ийгиликова
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы
Дерек: http://kknews.uz/kk/2200.html
    2017-09-05 04:43:48 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine