Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкисте Европа кинофестивалы басланды



Алдын хабар етилгениндей, бүгин Нөкисте Европа кинофестивалы басланды.
Нөкиске келген Европа Аўқамының Өзбекистандағы делегациясының баслығы, елши Эдуардс Стипрайс, «Өзбеккино» Миллий агентлигиниң директоры Фурқат Зокиров ҳәм басқалардан ибарат делегация ағзалары дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевтиң қабыллаўында болды.
Соң Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Европа кинофестивалы илажына байланыслы пресс-конференция болып өтти. Оған тийисли мәкеме ҳәм кәрханалардың басшылары, жергиликли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасып, фестивальдың мақсети және ўазыйпалары ҳаққында кең түрде түсиник алды.
Үш күнлик фестиваль шеңберинде Уллы Британия, Германия, Швейцария, Финляндия ҳәм Францияның елшиханалары менен мәдений шөлкемлери тәрепинен усынылған белгили миллий ҳәм халықаралық сыйлықларды қолға киргизген бир қатар шығармалар халқымыздың итибарына усынылады.
 
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

Дерек: http://kknews.uz/kk/2927.html
    2017-10-07 06:21:48 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine