Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Nókiste balalar kardioxirurgiyalıq orayın shólkemlestiriw boyınsha peticiya járiyalandı



Derek: Qaraqalpaqstan xabar agentligi
 
«Бүгинги күнде балалардың туўма жүрек порогы көп ушыраспақта. Ҳәзирги ўақытта усы хирургиялық әмелиятты Нөкис қаласында әмелге асырыўдың имканияты жоқ. Усы имканияттан пайдаланыў ушын көп қәрежет сарплап, Ташкент қаласына ямаса басқа сырт еллерге барыўға туўра келмекте. Егер барыўдың илажы болмаса сырт еллерден профессор-шыпакерлердиң Өзбекстанға келиўин күтиўге мәжбүр болып атырмыз. Бул болса көп ўақытты талап етеди.
Әмелдеги жағдай ҳәм имканиятларды есапқа ала отырып, Нөкис қаласында балаларда жүрек хирургиялық (кардиохирургиялық) әмелиятларды алып барыў имканиятын беретуғын Балалар кардиохирургиялық орайын шөлкемлестириўди усыныс етемен», – деп жазылған «Mening fikrim» жәмийетлик мүрәжатлар порталындағы мүрәжатта.
Мағлыўмат ушын, мүрәжат көрип шығылыўы ушын 10 мың даўыс топланыўы керек. Бул петицияға 89 күн ишинде даўыс бериў мүмкин.
 
    2019-05-29 17:10:33 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine