Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкисте «Ақыллы светофор» робототехникалық өнимлер жаратылды, «Ийис сезиў роботы» исленбекте



Муҳаммед Аль-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы «Программалық инжиниринг» кафедрасы баслығы, техника илимлериниң докторы Р.Отениязов, кафедра ассистенти А.Кадиров ҳәм «Программалық инжиниринг» бакалавр тәлим бағдары 2-басқыш студенти Д.Қонарбаевлар тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы көлеминде биринши мәрте ARDUINO аппаратлық-программалық қуралынан «Адам өмирине қәўип салыўшы процесслерде мағлыўмат алыўшы мини-машинасы», «Card Board жәрдеминде виртуал саяхат» ҳәм «Ақыллы светофор» атамасындағы робототехникалық өнимлер жаратылды.
«Программалық инжиниринг» кафедрасы баслығы, т.и.д. Р.Отениязов басшылығында 2017-жылы 28-март куни Нокис қаласында болып өткен Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты аймақлық ярмаркасында:
«Адам өмирине қәўип салыўшы процесслерде мағлыўмат алыўшы мини- машинасы»;
«Card Board жәрдеминде виртуал саяхат»;
«Ақыллы светофор» сыяқлы басланғыш өнимлери менен қатнасып, «Ең жақсы заманагөй информацион технологиялар» номинациясыны қолға киргизди.
Бүгинги күнге келип Муҳаммед Аль-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы жәмәәти ҳәм студент жаслар менен биргеликте жаңадан бир қанша робототехникалық өнимлер жаратылыў басқышы алып барылып, онда 3D принтер, «Ийис сезиў роботы», «Ақыллы үй», «Ақыллы турникет», «Ақыллы ыссыхана» сыяқлы өнимлерин жаратыў бойынша илимий-техникалық изертлеў жумыслары алып барылып атыр.

Дерек:  makan.uz
    2017-08-16 10:38:37 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine