Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкисте 50 автобус 10 жөнелисте жолаўшы тасыўға қойылды. Дизим



Нөкисте жөнелислерде тийкарынан Damas автомобиллери қатнайды. Не ушын автобуслар қатнаўы жолға қойылмаған? ЎзА усы сораў менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы Қаҳрамон Сариевқа мүрәжат етти.
— Президент Шавкат Мирзиёев жанында 2018-жыл 28-август күни өткерилген жыйналыс баянына муўапық, «Ўзавтотранс» агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Автотранс Чимбой» унитар кәрханасы шөлкемлестирилди.
2018-жыл 1-декабрьге шекем бул кәрханаға 50 Isuzu маркалы автобус сатып алынды. Нөкис қаласында жәмәәт транспорты жетиспеўшилиги азанғы ҳәм кешки ўақытларда халыққа машқала болғаны себепли бул сатып алынған 50 автобус Нөкис қаласына 10 жөнелис бойынша жолаўшы тасыўға қойылды. Олар: 3-санлы, “Әскерий горнизон – Жийдели байсын елаты”;
5-санлы, “Шадлы аўыл – Темир жол вокзалы – Таслақ”;
6-санлы, “Нөкис Арқа – Батыс  автовокзалы – Шадлы аўыл”;
8-санлы, “Жийдели байсын елаты – Нөкис саўда комплекси”;
10-санлы, “Саманбай елаты – Қызкеткен елаты”;
11-санлы, “Қызкеткен елаты – Гөне қала”;
12-санлы, “Шадлы аўыл – Қызкеткен елаты – Ақ жағыс елаты”;
13-санлы, “Саманбай елаты – Қум аўыл”;
7-санлы, “Нөкис Арқа-Батыс вокзалы – Темир жол вокзалы”;
18-санлы, “Саманбай елаты – Боз аўыл” автобус жөнелислери.
 
    2019-01-07 17:30:19 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine