Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Nókis rayonnan úsh oqıwshı jáhán chempionatında jeńimpaz boldı



Derek: kknews.uz
 
Усы жылдың 8-11-август күнлери Ташкент ўәлаятының Алмалық қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти сыйлығы ушын белбеўли гүрес бойынша жәҳән чемпионаты болып өтти.
Чемпионатқа қатнасқан Нөкис районындағы 12-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшысы Умида Айтмуратова 70 килограмм салмақта 1-орын, Гүлимхан Орынбаева 44 килограмм салмақта 1-орынды ҳәм Улмекен Узақбергенова 57 килограмм салмақ бойынша 2-орынды ийеледи. Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшыларымызға Президент саўғалары – 1-орын ушын сәйкес түрде 1500 АҚШ доллары, 2-орын ушын 1000 АҚШ доллары муғдарында сыйлық тапсырылды.
 
    2019-08-14 15:45:54 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine