Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Nókis rayondaǵı ushırasıwda 7 jastıń mashqalası sheshildi



Derek: nukus.rk.uz
 
Нөкис районының 15-санлы Балалар музыка ҳəм көркем өнер мектебинде жаслардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде мийнет ярмаркасы өткерилди ҳәм районлық мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен көшпели дизимнен өткериў бойынша пуқараларға хызметлер көрсетилди. Оннан соӊ усы мектептиӊ мәжлислер залында «Ишки ислер ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда жәми 200 нен  аслам жаслар қатнасты. Ушырасыў даўамында 7 жастың машқалалары сол орынның өзинде шешилди.
Тийкарынан, 4 жас жумысқа жайластырылды, 2 жасқа дийқан хожалығы ушын жер орын ажыратылды  ҳәм 1 жастың берилген сораўларына қәнигелер тәрепинен анық жуўаплар берилди. Сондай-ақ, республика ҳəм район аймағында ɵзлериниң белсендилигин кɵрсетип киятырған бир қатар жасларға шɵлкемлестириўшилер тəрепинен ноутбук, китаплар топламы ҳəм ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
 
    2020-02-12 15:16:36 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine