Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Nókis rayonda Balalar mádeniyat hám sport salamatlastırıw orayı ashıldı



Derek: nukus.rk.uz
 
Нөкис районы аймағынан «Балалар мәденият ҳәм саламатластырыў орайы»ның ашылыўы болып өтти. Районда күндизги балалар мәденият ҳәм саламатластырыў орайларында сменалар бойынша жәми 1200 баланы саламатластырылыў режелестирилген. 
Орайларда дем алыўшылардың қәўипсизлигин, өрт-техника қәўипсизлик қағыйдаларын, сондай-ақ санитария-гигиеналық қағыйдаларын сақлаў бойынша тийисли хызмет ўәкиллери тәрепинен жумыслар алып барылды. Мәўсим даўамында балаларға медициналық хызмет көрсетиўши хана ажыратылып медициналық хызмет көрсетиў ушын районлық медицина бирлеспеси бириктирилген.
2019-жыл жазғы мәўсим даўамында дем алыс орайларында балалардың мазмунлы дем алыўын тәмийинлеў ушын 36 педагог, жетекши, дөгерек басшылары менен жумыс алып барыў режелестирди.
 
    2019-06-04 14:47:36 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine