Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нөкис қаласында онлайн-кассалар енгизилмекте



1-январьдан Өзбекистандағы саўда орынларында онлайн-кассалар енгизилип басланды, деп хабар бермекте «Kommersant.uz». 30-мартқа шекем Ташкент, Нөкис қалаларында ҳәм ўәлаятлар орайларында 500 ден 1000 ға шекем болған онлайн бақлаў-касса машиналары (БКМ) тәжирийбе-сынаў түринде әмелиятқа енгизилмекте.
2018-жылдың 1-декабринен Өзбекистан Республикасы аймағында барлық юридикалық ҳәм физикалық шахслар онлайн БКМ қолланған ҳалда есап-санақ етиўи шәрт.
Биринши басқышта онлайн-кассалар тек ғана қарыйдардың нақ пуллары ушын шығарып берилген чеклер есабын жүргизеди. Шөлкемлер ҳәм жеке исбилерменлер енди қарыйдарға касса чегин қағаз көринисте шығарып бериўден тысқары, оны электрон түрде хабардар етиўи ҳәм фискал мағлыўматлар операторы арқалы салық хызметине жибериўи шәрт болады.Ҳәзирги ўақытта онлайн-кассалар тәрепинен Uzcard карталарын қабыллаў системасы ислеп шығылмақта.
Чекте сатып алынған өним дизими, оның баҳасы, саны, чек ҳәм касса қурылмасы номери, жумыс сменасы номери ҳәм басқалар көрсетиледи. Сондай-ақ, QR-код жәрдеминде чектиң қағаз формасын электрон формадағы код мағлыўматлары менен салыстырып көриў мүмкин болады.
 
    2018-01-12 12:19:32 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine