Нөкис қаласы Прокуроры тайынланды
Makan.uz’да берилген мағлыўматқа қарағанда, Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының буйрығына тийкар 2018-жыл 1-май сәнесинен Халмуратов Расул Тлегенович Нөкис қаласы прокуроры лаўазымына тайынланды. Ол буннан алдын Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасында бөлим баслық лаўазымында ислеген. Нөкис қаласы прокуроры лаўазымында Халмуратов Расул Тлегеновичтан алдын ислеген Елмуратов Даўлет Марқабаевич Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының буйрығына тийкар Қоңырат районының арнаўлы прокуроры лаўазымына тайынланған.