Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Нөкис-ФМ» радиосының редакторы Улбоған Еримбетова «Алтын қәлем» сыйлығын жеңип алды



3-май күни Ташкент қаласының «Түркистан» сарайында «Алтын қәлем» ХII миллий сыйлығы ушын халық аралық таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
3-май – Жәҳән баспасөз еркинлиги күни мүнәсибети менен шөлкемлестирилген бул халық аралық таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресиминде Өзбекистан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Нызамшылық палатасы депутатлары, министрлик ҳәм мекемелер, дөретиўшилик ҳәм жәмәәт шөлкемлери, мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған дипломатиялық корпус ҳәм халық аралық шөлкемлер ўәкиллери қатнасты.
Ең жақсы журналистлик материал ушын радио жөнелисинде «Нөкис-ФМ» радиосы редакторы Улбоған Еримбетова Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған үлкен жумысларды кең ҳәм анализлеп жарытқаны ушын 3-орын менен сыйлықланды.
Мағлыўмат ушын айтып өтемиз, «Нөкис-ФМ» радиосы «Нызамшлықты беккемлеў, инсанларда нызамларымызға ҳүрметин арттырыў, жоқары ҳуқықый сана ҳәм ҳукықый мәдениятты қәлиплестириўде пуқаралық жәмийети институтлары қатнасын тәмийинлеў» атамасындағы грант жумысы менен «Өз ҳуқықыңды билесең бе?» радио еситтириўлерин таярлаў бойынша Өзбекистан Республикасы Олий Мажлис жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пукаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмәәтлик фонды қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясының грантын жеңип алды.
Усы жойбарды әмелге асырыў бойынша У.Еримбетова еситтириў редакторы ҳәм баслаўшысы сыпатында 2016-жылдың ноябрь айынан баслап усы күнге шекем ҳәптесине бир мәртебе (айырым байрам сәнелеринде оннан да көп) «Өз ҳуқықыңды билесең бе?» радио еситтириўин таярлап келмекте. Усы күнге шекем бул еситтириўдиң 30 дан артық саны таярланды. Ҳәр бир еситтириўде мәмлекетлик басқарыў органлары, халыққа хызмет көрсетиўши мәмлекетлик мекемелер ҳәм жәмийетлик сиясий шөлкемлер, сондай-ақ ҳуқықый тараўға байланыслы тараў қәнийгелери студияда мийманда болды. Қәнийгелер туўрыдан-туўры бир саат даўамында болатуғын эфир арқалы «Telegramm» социаллық тармағы арқалы радио тыңлаўшылардан келген сораўларға сол ўақыттың өзинде жуўап береди.
Буннан тысқары, У.Еримбетова еситтириў тематикасынан келип шыққан ҳалда халықты қыйнап жүрген мәселелер бойынша өзиниң журналистлик сораўларына да қәнийгелерден жуўаплар алады.
У.Еримбетова «Нөкис-ФМ» радиосында 2009-жылдан берли баслаўшы болып ислеп келмекте.
 
Лола Қаллыханова
журналист
    2017-05-05 07:06:44 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine