Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«No’kis-FM» радиосы грант жеңип алды



«No’kis-FM» радиосы «Нызамшлықты беккемлеў, инсанларда нызамларымызға ҳүрметин арттырыў, жоқары ҳуқықый сана ҳәм ҳукықый мәдениятты қәлиплестириўде пуқаралық жәмийети институтлары қатнасын тәмийинлеў» атамасындағы грант жумысы менен «Өз ҳуқықыңды билесең бе?» радио еситтириўлерин таярлаў бойынша Өзбекистан Республикасы Олий Мажлис жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пукаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмәәтлик фонды қаржыларын басқарыў бойынша Парламент комиссиясының грантын жеңип алды. Грант сертификаты менен сыйлықлаў мәресими Өзбекистан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 25 жыллығы алдынан 17-август күни Ташкент қаласындағы «Водий садоси» медиа-комплексинде «Озод юрт тўлқинлари» IX дәстүрий медиа-фестивалы шеңберинде болып өтти. Бул грант бағдарламасын әмелге асырыў бойынша «No’kis-FM» радиосында Өзбекистан Республикасы Конституциясының тийкарғы қағыйдалары, принциплери ҳәм мақсетлерин ашып бериў бойынша, сондай-ақ, Президентимиз Ислам Каримов тәрепинен алға қойылған «Мәмлекетимизде демократиялық реформаларды еле де тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясы» тийкарында Тийкарғы нызамымызға 2011 ҳәм 2014-жылларда қабыл етилген өзгерислердиң мәнис-мазмуны ҳаққында кең жәмийетшиликке хабар бериўши радио бағдарлама ҳәм роликлер таярлап барылады. Грант бағдарламасы жумыс баслаған дәўирден баслап радионың жас тыңлаўшылары арасында «Өз ҳуқыкыңды билесең бе?» атамасындағы сүўрет салыў ҳәм шығарма жазыў таңлаўы жәрияланады. Грант бағдарламасын әмелге асырыў соңында «No’kis-FM» радио эфиринде алты саатлық радиомарафон ҳәм таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў ушын жуўмақлаўшы гала концерт шөлкемлестириледи. 
    2016-11-14 10:05:28 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine