Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Нөкис-ФМ» радиосы директоры Чехияда қатнасқан халық аралық конференциясы ҳаққында



2017 жылы 13–15-июнь күнлери Европаның (Чехия Республикасы) Острава қаласында «Қоршаған орталық ҳәм инсан саламатлығы» атамасында Европа аўқамы мәмлекетлериниң қоршаған орталық ҳәм ден саўлықты сақлаў министрлериниң қатнасыўдағы VI конференция болып өтти.
Өткерилген конференция Европа аўқамының қоршаған орталық ҳәм инсан саламатлығы бағдарындағы сиясатын қәлиплестириўши өзгеше платформа болып өзинде Европаның бәрше структураларын ҳәм аймақларын қамтып алған.
Бәршемизге мәлим, экологиялық машқалалар ҳәм инсан саламатлығы әҳмийетлилиги бойынша ҳәзирги ўаққытта дүнья жүзинде биринши орынға шыққан глобал машқала есапланады.
Конференция қатнасыўшыларының пикиринше экологиялық машқалалар тек бир мәмлекет машқаласы болып қалмастан ал, транс шегаралық әҳмийетке ийе машқалаға айланып үлгерген. Берилген мағлыўматларға қарағанда Европа аўқамының өзинде дерлик ҳәр жылы 1,5 млн адам экологиялық факторлар себебинен көз жумып атырған.
Острава қаласында болып өткен конференцияда тийкарынан итибар берилген мәселелер төмендегилерди қурады;
Ҳаўаның патасланыўы.
Ишимлик суўының тазалығы ҳәм санитариясы.
Зәҳәрли химиялық шығындылар.
Хожалық шығындылары ҳәм патасланған территориялар.
Климаттың өзгериўи.
Конференция шеңберинде инсанлардың ден саўлығы, қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў, таза суў, таза ҳаўа ҳәм басқада темалар бойынша 3 күн даўамында 53 мамлекеттен 450 адам қатнасыўында, қәнийгелер, экспертлер, халықаралық шөлкемлер, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер ўәкиллери қатнасыўында қызғын пикир алмасыўлар болы пөтти.
Конференция соңында қоршаған орталық ҳәм инсан саламатлығы бойынша Острава–декларациясы қабыл етилди.
Конференция Дүнья жүзлик ден саўлықты сақлаў шөлкеминиң Европадағы аймақлық бюросы, сондай-ақ Европадағы БМШниң экономикаллық комиссиясы ҳәм БМШниң қоршаған орталық бағдарламасы менен биргеликте шөлкемлестирилген.
Бахытбек ЕЛЬМАНОВ,
    2017-07-30 06:41:35 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine