Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

NMPIdiń 18 studenti Qazaqastanda oqımaqta



 
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Қазақстан Республикасындағы Гумилёв атындағы Евразия миллий университети арасында илимий-педагогикалық жумысларда өз ара бирге ислесиў бойынша дүзилген меморандумға муўапық, институттың 18 студенти усы жылдың 20-январь сәнесинен 15-июньға шекемги аралықта бир семестр даўамында оқыўын Евразия миллий университетинде даўам еттирмекте.
Оқытыўдың академиялық мобильлик түри бойынша Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының рус тили ҳәм әдебияты, социаллық педагогика ҳәм адамның өзин-өзи аңлаўы, информатика, қазақ тили ҳәм әдебияты, инглис тили, химия ҳәм физика бағдарлары студентлери өзлериниң билим ҳәм көнликпелерин арттырып қайтыўы жобаластырылған.
 
 
    2020-02-19 16:10:36 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine