Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Нәгиранлығы болған шахсларды жаллаған исбилерменлерге салықтың жеңилликли ставкасы белгиленеди



Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев «Нәгиранлығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түпкиликли жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманды тастыйықлады. Бул ҳаққында ЎзА хабар бермекте.
Нәгиранлығы болған шахсларды жумысқа қабыллаўды кең хошаметлеў, сондай-ақ, нәгиранлығы болған шахслардың өзи тәрепинен исбилерменлик пенен шуғылланыўына шараят жаратыў мақсетинде 2018-жыл 1-январьдан баслап жеке тәртиптеги исбилерменлик пенен шугылланыўшы I ҳәм II топар нәгиранлығы болған шахслар, сондай-ақ, I ҳәм II топар нәгиранлығы болған шахсларды хызметши сыпатында жаллаған жеке тәртиптеги исбилерменлерге қатаң белгиленген салықтың жеңилликли ставкасы белгиленбекте. Нәгиранлығы болған шахслар қариялар ҳәм халықтың басқа социаллық мүтәж тайпаларын социаллық қорғаўға жуўаплы бирден бир мекемениң жоқлығына итибар қаратылды. Усы себепли, Ден саўлықты сақлаў министрлиги жанында қәнигелестирилген мекеме шөлкемлестириледи.
Министрлик жанында Нәгиранлығы болған шахсларды қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилип, оның қаржылары нәгиранлығы болған шахслар аўҳалын жақсылаў, медициналық-социаллық жәрдем сапасын арттырыў, протез-ортопедия буйымлары ҳәм техникалық реабилитация қураллары ислеп шығарыўды модернизациялаў ҳәм технологиялық жаңалаў ушын жумсалады.
2018-жыл 1-июннан баслап нәгиранлығы болған шахслар ҳаққында комплекс мағлыўматларды (нәгиранлығы болған шахсларға байланыслы жеке мағлыўматлар, пул төлемлериниң түрлери ҳәм муғдары, ажыратылған техникалық реабилитация қураллары, протез-ортопедия буйымлары ҳәм басқалар) өз ишине алған нәгиранлығы болған шахслардың бирден бир электрон реестри енгизиледи.
 
    2017-12-04 12:25:28 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine