Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

natija.edu.uz sistemasi iske tústi




Derek: kknews.uz
 
Қоңсылас мәмлекетлерден оқыўын көшириў нәтийжелерин https://natija.edu.uz системасы арқалы онлайн билиў имканияты жаратылды.
Ҳәзирги ўақытта тест режиминде ислеп атырған бул система жәрдеминде усы жылдың 7-февралынан 15-февралына шекем арза менен мүрәжат еткен пуқаралар өз нәтийжелерин билиўи мүмкин.
Буның ушын пуқараның паспорт сериясы ҳәм номерин киргизиў керек болады.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссияның 2020-жыл 4-февральдағы 12-санлы протоколы тийкарында қоңсылас мәмлекетлерде оқып атырған Өзбекстан Республикасының пуқараларына оқыўын республикамыздағы жоқары оқыў орынларына көшириў бойынша арза тапсырыўға рухсат берилген еди. Арзалар 2020-жыл 15-мартқа шекем қабыл етиледи.
 
    2020-03-11 14:15:50 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine