Moynaq gerbish zavodında kúnine 63 mıń danaǵa jaqın gerbish shıǵarılmaqta
Derek: karakalpakstan.uz
Усы жылдың февраль айында өз жумысын баслаған «Мойнақ гербиш заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде күнине 63 мың данаға жақын гербиш шығарылмақта. Қытайдан алып келинген әсбап-үскенелер орнатылған кәрханада күнине 58 мыңнан 63 мыңға шекемги гербиш шығарылады. Қумбыздың сыйымлылығы 250 мың гербиш болып, соннан күнине 35-40 мың пискен гербиш таярланады.
Кәрханада соның менен бирге және бир қосымша станок орнатылмақта. Бундағы тийкарғы мақсет – қысқа таярлық, яғный жумысшыларды қыс айларында да жумыс пенен тәмийинлеў нәзерде тутылған. Техникалардан болса 3 погрузчик, 4 жүк тасыўшы камаз, 2 ҳаўа жүк машинасы хызмет етпекте. Әҳмийетлиси, кәрханада 45 адамның бәнтлиги тәмийинленген. Олардың көпшилиги район жасларынан ибарат.