Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Мойнақ: Жаңа амфитеатрда «Саўға», мийирбийкелерге велосипедлер, әскерлерге жаңа қәнигеликлер




Усы жылдың 14-апрель күни район орайындағы жаңадан қурып питкерилген амфитеатрда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәтиниң «Саўға» концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди. Бағдарламада район халқы ҳәм мийманлары ушын қызықлы интермедиялар сахналастырылып, қосықлар ҳәм аяқ-ойынлар қойып берилди.

Сондай-ақ, районлық медициналық бирлеспесинде аўыллық жерлерде патронаж хызметин жақсылаў, район халқына медициналық хызметлерди өз ўақтында ҳәм сапалы көрсетилиўин тәмийинлеў мақсетинде мийирбийкелерге 28 велосипед саўға етилди.

Ҳәзирги ўақытта районда армия қатарында хызмет етип атырған 20 әскерге ҳәм 15 жас өспиримге «Кең профили тракторшы» бағдары бойынша усы жылдың март-апрель айларында оқыўды табыслы тамамлағаны мүнәсибети менен дипломлар тапсырылды. Енди әскерлер ҳәм жаслар оқыўда ийелеген билимлерин Арал теңизиниң қурыған ултанларында сексеўил егиў ҳәм халық хожалығының түрли тараўларында пайдаланады.

Дерек: Қарақалпақстан хабар агентлиги
    2019-04-16 15:33:32 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine