Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Мойнақ районын раўажландырыў фонды искерлигин шөлкемлестириў тәртиби тастыйықланды



Ҳүкимет қарары (211-сан, 11.03.2019 ж.) менен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мойнақ районын раўажландырыў фонды искерлигин шөлкемлестириў ҳәм қаржыларынан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.
Режеге муўапық Фонд қаржылары төмендегилерге жумсалады:
 -  Мойнақ районы инфрадүзилмесин жақсылаўға, аўылларды абаданластырыў ҳәм ишки жолларды оңлаўға;
 -  район үй-жай фондының көп квартиралы үйлердеги улыўма пайдаланылатуғын инженерлик коммуникацияларын оңлаўға, үйлерге жақын аймақларды абаданластырыўға;
 -  мәҳәллелер аймағында китапханалар шөлкемлестириўге ҳәм оларды көркем әдебиятлар менен тәмийинлеўге;
 -  кем тәмийинленген ҳәм жас шаңарақларға жеңилликли кредитлер алыныўында басланғыш төлемниң бир бөлегин ямаса толық қаплаўға ҳәмде турмыслық техника қуралларына болған бирлемши мүтәжликти қанаатландырыўға;
 -  аўыл ҳәм шет аймақларда жайласқан билимлендириў ҳәм медициналық мәкемелерде ислеў ушын жиберилген хызметкерлерди хызмет жайлары менен тәмийинлеўге. 
Фондтың Бақлаў кеңеси бунда Фонд искерлигиниң тийкарғы бағдарларын белгилейди ҳәмде қаржылардың мақсетли бағдарланғанлығын қадағалайды.
 
Дерек: https://t.me/huqiqiymalimleme
    2019-03-13 10:57:56 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine