Moskvalı delegatlar QMUda
Derek: karsu.uz
Усы жылдың 18-20-февраль күнлери Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Москва миллий илимий-изертлеў ядро университети «МИФИ» делегациясы мийманда болды.
Университет мәжилислер залында «МИФИ» Москва миллий илимий-изертлеў ядро университетиниң Фотоника, спин-троника ҳәм электроникада нанотехнология Институты оқыў ислери бойынша қәнигеси Никита Глухов ҳәм техника илимлериниң кандидаты, доцент Александр Бакаренков пенен ушырасыў өткерилди.
Ушырасыў даўамында университет ўәкиллери еки тәреплеме қоспа тәлим бағдарламасын шөлкемлестириў бойынша өз-ара пикирлести ҳәм тийисли ҳүжжетлерди таярлаў мақсетинде исши топар дүзилди.
Еки күнлик хызмет сапары даўамында Москва миллий илимий-изертлеў ядро университетиниң Фотоника, спинтроника ҳәм электроникада нанотехнология Институты доценти Александр Бакаренков университет студентлерине «Ярымөткизгишли электрониканың тийкарлары» пәнинен бес модулли сабақ өтти.
Соның менен бирге, пайтахтымыздағы 37-санлы улыўма билим бериў мектебинде ҳәм «Прогресс» билимлендириў орайында болып, оқыўшы-жаслар менен ушырасты.