Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Министрлер Кеңесинде Өзбекистан Республикасының пуқаралық паспортларын тапсырыў салтанаты болып өтти



Нөкис қаласында жасаўшы пуқара Камилжан Юлдашев қоңсылас Түркменстан мәмлекетинде туўылып өскен, сол елде орта мектепти тамамлаған. Соң Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде билим алған ҳәм Қарақалпақстанда жасап қалған.
Бирақ К.Юсупов шерек әсирден берли Өзбекистан пуқаралығын ала алмай киятырған еди.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-сентябрьдеги «Өзбекистан Республикасының пуқаралығына қабыл етиў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық ол пуқаралыққа қабыл етилди.
Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Өзбекистан Республикасының пуқаралық паспортларын тапсырыў салтанаты болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги хабар бермекте.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов жыйналғанларды пуқаралық паспортын алыўы менен қутлықлады.
Узақ ўақыт пуқаралығы болмай қыйналып жүрген К.Юсупов Президентимизге шексиз миннетдаршылығын билдирмекте ҳәм алдағы ўақытлары бар күш-жигерин, билимин ғәрезсиз Өзбекистанның  буннан былай да раўажланыўына, перзентлеримиздиң бахытлы келешегине жумсаўға бел байлаған.
Илажда кәсип-өнер колледжлери менен академиялық лицейлердиң, улыўма билим бериў мектеплериниң 16 жасқа толған бир топар оқыўшыларына да биометрикалық паспортлар тапсырылды.
Пуқаралық паспортларын тапсырыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
 
 
    2017-10-09 12:35:42 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine