«Меҳнат фахрийси» көкирек белгилери тапсырылды
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 28-декабрьдеги «Өзбекистан ветеранларын социаллық қоллап-қуўатлаў «Нураний» қорының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы тийкарында шөлкемлестирилген I, II, III дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгилерин тапсырыў салтанаты болып өтти. Өзбекистан ветеранларын социаллық қоллап-қуўатлаў «Нураний» қоры Қәўендерлик кеңесиниң қарары менен республикамыздан 7 нураний I дәрежели, 8 нураний IIдәрежели,29 нураний III дәрежели «Меҳнат фахрийси» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басқарып барды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етти.