Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Мәмлекет ишинде ID-карталар паспорт орнын ийелеўи мүмкин



Өзбекистан пуқарасының миллий биометрикалық паспортын шет елге шығыў паспорты сыпатында тән алыў режелестирилмекте. Бул додалаў ушын жәрияланған 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес баслы жөнелиси бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Белсенди исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекет бағдарламасы жойбарында нәзерде тутылған, деп хабар бермекте gazeta.uz.
Өзбекистан аймағында жасаў, ҳәрекетлениў ушын пуқаралық паспорты орнына шахсты тастыйықлаўшы ID-идентификация картасын енгизиў нәзерде тутылады. Президенттиң бул ҳаққындағы пәрманының жойбары апрель соңына шекем таярланып, жаңа тәртип болса 1-июльдан енгизилип басланыўы керек.
Еслетип өтемиз, 2011-жылдан баслап берилип атырған әмелдеги паспорт әмелий жақтан шет елге шығыў паспорты есапланып, көплеген пуқаралар ҳәм экспертлер екинши паспорттың енгизилиўине қарсы мүнәсибет билдирип, ID-карталарын жақлап шыққан еди, деп жазады басылым.
    2018-01-10 07:17:21 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine