Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Мәмлекет басқарыў академиясында жылына 160 тыңлаўшы қайта таярланады



2017-жыл 8-августтағы ПҚ-5139-санлы Президент қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Министирлер Кабинетиниң 2017-жыл 19-сентябрдеги 745-санлы қарары менен төмендегилер тастыйықланды.
- Басқарыў кадрларын таярлаў тараўында магистратура қәнийгеликлери бойынша жоқары оқыўдың мәмлекет оқыў стандарты;
- Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекет басқарыўы академиясының «Мәмлекет басқарыўы» магистратура қәнийгелиги бойынша мәмлекет оқыў стандарты;
- Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекет басқарыўы академиясында басқарыў кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин асырыўға қойылатуғын мәмлекет талаплары;
- Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекет басқарыўы академиясы магистратурасы тыңлаўшылары тәрепинен тәжирийбели әмелият ҳәм стажировка өтеў тәртиби ҳаққындағы нызам;
- Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекет басқарыўы академиясында басқарыў кадрларын қайта таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин асырыў ушын аралықтан оқытыў тәлим усыллары арқалы оқыў курсларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртиби ҳаққындағы нызам;
- Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекет басқарыўы академиясында тыңлаўшыларға ислеп шығарыўдан ажыралмаған ҳалда оқыў дәстүрлери бойынша оқыў хызметлерин көрсетиў тәртиби ҳаққында нызам;
- Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекет басқарыўы академиясында басқарыў кадрларын қайта таярлаў курсларын 2015/2016 ҳәм 2016/2017-оқыў жылларында жуўмақлаған питкериўшилер ушын берилетуғын мәмлекет үлгисиндеги сертификат.
Сондай-ақ Қарарда белгилениўинше, Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы мәмлекет басқарыўы академиясының басқарыў кадрларын қайта таярлаў курсларына 2017/2018 оқыў жылында:
- ислеп шығарыўдан ажыралмаған ҳалда шөлкемлестирилетуғын 1 жыллық курсларға 60 (содан 24 – мәмлекет гранты тийкарында, 36 – төлемли-контракт тийкарында);
- ислеп шығарыўдан ажыралған ҳалда шөлкемлестирилетуғын 4 айлық курсларға мәмлекет гранты тийкарында 100 тыңлаўшы оқыўға қабыл етиледи. 4 айлық курсларға мәмлекет ҳәм хожалық басқарыўы органлары, жергиликли мәмлекет ҳәкимияты органларының қәнийгелери қабыл етиледи ҳәм де усы курсларға қосымша қабыл төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады.
Ҳүжжет  2017-жыл 25-сентябрьден күшке кирди.
 
 
    2017-10-10 10:10:15 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine