Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Мектепке шекемги билимлендириўди жетилистириўге арналған конференция өткерилди




16-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мәжилислер залында «Мектепке шекемги билимлендириўди жетилистириўде инновациялық реформалар ҳәм перспективалар» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти. Илажда тараў қәнигелери баянатлар жасады.
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта институттың мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлим факультети профессор-оқытыўшылары басшылығында бул тараўды еледе раўажландырыў бойынша илимий изертлеў жумыслары алып барылып, әмелиятқа енгизилмекте.
Институт оқытыўшыларының жүргизген социаллық сораўнамалары жуўмақларына бола, балалар ең көп мектепке шекемги жас категориясында жарақат алады ҳәм булар көпшилик жағдайда балалардың өмири даўамында олардың денсаўлығына кери тәсир көрсетеди. Булардың алдын алыў мақсетинде, филология илимлери кандидаты, профессор Қутлымурат Қощанов басшылығында балалар бақшалары ушын «Қәўипсизлик әлипбеси»ниң жойбары ислеп шығылғаны конференцияда көпшиликке мәлим етилди.
Балалардың физикалық ҳәм руўхый жақтан жетик болыўын тәмийинлеў, олардың өсиўи ҳәм раўажланыўын қадағалап барыў мақсетинде ислеп шығылған «Туңғыш адым» бағдарламасы ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.
 
Дерек: НМПИ баспасөз хызмети
 
    2019-04-17 17:35:35 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine