Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Mega sport» jarısınıń Qaraqalpaqstan basqıshı ótkerildi



Derek: zaman.uz
 
Усы жылдың 31-май күни Нөкис қаласында жайласқан Арқа-батыс әскерий округинде “Биз чемпион!” ураны менен жол тосығынан өтиўде топарлар ҳәм жеке қатнасыўшылар – жоқары оқыў орнының студент-жаслары арасында дәстүрий “Мега спорт” жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди. Жарыста Қарақалпақстан Республикасында жайласқан жоқары оқыў орынларының студент-жасларынан дүзилген жәми 6 топар қатнасты.
Беллесиўлер нәтийжесинде, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студент-жаслары 1-орынды, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогика институты жаслары 2-орынды ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик көркем-өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы 3-орынды ийеледи.
Жарыста жеңимпаз болған Қарақалпақ мәмлекетлик университети усы жылдың 7-9-июнь күнлери аралығында Ташкент ўәлаяты, Бостанлық районында өткерилетуғын “Мега спорт” жарысының республика финал басқышында қатнасады.
 
    2019-06-04 14:48:35 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine