Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Mámleket shegarasınan ótiw 30 minuttı quraydı



Derek: kknews.uz
 
Ҳүкимет қарары менен Өзбекстан Республикасының Мәмлекет шегарасы арқалы шахслар, транспорт қураллары ҳәм товарларды өткериў пунктлеринде шегара, бажыхана, санитариялық-карантин, фитосанитариялық ҳәм ветеринариялық қадағалаўдан өткериў тәртиби ҳаққында реже тастыйықланды.
Режеде өткериў пунктлеринде автотранспорт қуралларының болыў ўақты анық белгиленди. Яғный, автотранспорттың өткериў пунктинде болыў ўақты оның түри ҳәм өткериў пунктиниң техникалық жағдайына қарап төмендеги мүддеттен артық болмаўы керек: жеңил автотранспорт қураллары – 15 минут;
жүк автотранспорт қураллары – 30 минут.
Режеде, сондай-ақ, қандай жағдайларда қадағалаў тәртип-принципинен өтиў ўақты белгиленген нормалардан артық болыўы мүмкин екенлиги көрсетилген.
Соның ишинде, өткериў пунктинде жумыс алып барып атырған мәмлекетлик қадағалаў уйымлары нызам бузыўшылық жағдайларын анықлағанында қадағалаўдан өтиў ўақты белгиленген мүддеттен артық болыўы мүмкин.
 
    2019-11-20 16:58:46 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine