Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қырғаўыл ҳәм кептер атқан пуқаралар усланды



Жақында, Нөкис қаласы «Бестөбе» посёлкасы аймағында қырғаўыл ҳәм кептерлерди атып жүрген пуқаралар усланды.
– Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 16-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасы аймағында қырғаўылларды қорғаў ҳәм бас санын көбейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары шыққан еди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети Биокөптүрлилик ҳәм қорғалатуғын тәбийғый аймақлар бойынша мәмлекетлик инспекторы Т.Төрениязов. – Усы қарарға муўапық өткерилип атырған рейд жумыслары барысында «Бестөбе» посёлкасы аймағында қырғаўыл ҳәм кептерлерди атып жүрген Хорезм ўәлаяты Янгибазар районында жасайтуғын М.Р. ҳәм С.Т. исмли пуқаралар усланды.
Олар аңшылыққа байланыслы әмелдеги бир қатар нызам ҳәм қағыйдаларды бузған ҳалда өзлерине тийисли болған аў мылтықлары жәрдеминде еки дана қырғаўыл ҳәм жети дана кептер қусларын арнаўлы жолламасыз, бул қусларды аўлаўды қадаған етилген бир ўақытта атып алып жүрген жеринде иркилди.
Олардан ТОЗ маркалы еки мылтық, еки қырғаўыл ҳәм жети кептер қуслары айғақлы зат ретинде алып қойылды.
Ҳайўанатлар дүньясына келтирилген зыянлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 20-октябрьдеги «Биологиялық ресурслардан пайдаланыўды тәртипке салыў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўында рухсат бериў процедурасынан өтиў тәртиби ҳаққында»ғы қарарына муўапық есапланып, 1 миллион 520 мың 475 сум, деп баҳаланды.
 Рейд жумыслары даўам етпекте.
 
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
    2019-03-18 11:33:35 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine