Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўында қайсы район жеңимпаз болды?



Мәмлекетимизде жаслардың жәмийетлик-мәнаўий билимлерин беккемлеў ҳәм әмелий көнликпелерин раўажландырыў, оларды мәмлекетимиз жәмийетлик турмысында исленип атырылған реформалар менен жақыннан таныстырыў, қәбилетли жасларды анықлап олардың дөретиўшилик уқыбын халыққа жеткериў мақсетинде мәҳәллелердеги белсенди жаслар арасында «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» өткерилди. 
Таңлаў Ташкент Аграр университетиниң Нөкис филиалында болып өтти. Оған Нөкис қаласынан ҳәм районлардан келген 5 команда қатнасты. 
«Сәлемнама», «Үйге тапсырма» ҳәм «Еркин тема» шәртлери бойынша беллескен таңлаў жуўмағында 3-орынды Шымбай районының «Бес қала» ҳәм Кегейлиниң «Шопанлар» командасы ийеледи. 2-орынды Хожели районының «Хожели шоу» командасы, ал 1-орынды болса Шоманай районының «Таза ҳаўаның директорлары» командасы ийеледи.
Еслетип өтемиз, таңлаў «Камолот» жаслар жәмийетлик хәрекетиниң басламасы менен «Маҳалла» қайырхомлық жәмийетлик фонды, Мәденият ҳәм спорт ислери министрлиги, «Ўзбекнаво» эстрада бирлеспеси, Өзбекистан кәсиплик аўқамлары федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңеси, «Нөкис-ФМ» радиосы қоллап-қуўатлаўында шөлкемлестирилди. Таңлаў жуўмағында шөлкемлестириўшилер тәрепинен жеңимпазларға сертификатлар ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Лола Қаллыханова
«Нөкис-ФМ» радиосының бас редакторы
Фото: karakalpakstan.kamolot.uz
 
 
    2017-01-13 14:21:08 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine