Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қоңыраттағы "Ханжап" МПЖ жоллары исленбекте




Қоңырат районы хәкими, биринши сектор баслығы Бердах Сапаров "Ханжап"мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары менен ушырасып,олардың дәрт-тәшўишлерин тыңлады. Жүзбе-жүз сәўбетлесиўлерде ишки жоллардың насазлығы ҳаққындағы мәселе көтерилди.
Сондай-ақ,пуқаралардың жыйын аймағына автобус қатнаўын жолға қойыў, газ ҳәм суў тәмийнатының төменлиги бойынша талаплары еситилди. Бул мәселелер тийисли тараў қәнигелери тәрепинен ҳәр тәреплеме көрип шығылып, имканы барынша кешиктирмей шешим излеўге келисип алынды. Ашықтан-ашық сәўбетлесиўге районлық газ ҳәм электр тармақлары,жол кәрханалары, басқа шөлкемлердиң басшыларының қатнасыўы ортаға тасланған мәселелер қалыс түрде талқыланып, айырым машқалалар шешимин тез табыў имканын берди. Мәселен, усы күнниң өзинде-ақ,"Ханжап" мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Х.Бекниязов көшесиниң 1- ҳәм 2-өткеллериниң жолларын тәртипке салыў, нызамсыз қурылысларды сапластырыў, абаданластырыў жумыслары баслап жиберилди. Жақын күнлер ишинде аймақтағы П.Өтегенов көшесиниң де жоллары оңланыўы нәзерде тутылған.
    2019-03-11 12:16:37 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine