Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

ҚМУда халық аралық семинар



Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Өзбекстан миллий университети Қытай Халық Республикасының Тәбийғый ресурслар ҳәм География илим-изертлеў институты, Қытай Илимлер Академиясының Орайлық Азия экологиясы ҳәм қоршаған орталық илим-изертлеў орайы, Тибет тегислигин үйрениў илим-изертлеў институтлары менен биргеликте 2019-жылдың 16-17-апрель күнлери Бердақ атындағы Қаракалпақ мәмлекетлик университетинде «Арал теңизи бассейни экосистемасы ҳәм суў ресурслары» атамасында халықаралық илимий-әмелий семинар шөлкемлестирди.
Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде өткерилип атырған халықаралық илимий-әмелий семинарға Қазақстан, Канада, Қытай ҳәм басқа да мәмлекетлердиң жоқары оқыў орынлары, илим-изертлеў орайларынан алымлар ҳәм илимий излениўшилер Арал бойы регионы машқаласын илимий-әмелий тәрептен шешиў ушын қатнасып атыр.
 
Дерек: ҚМУ баспасөз хызмети
 
    2019-04-17 17:38:08 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine