Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Кәрханаларда энергияны үнемлеў мәселелери додаланды



Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлигинде республикамыздағы санаат кәрханалары ҳәм коммерциялық банклердиң ўәкиллериниң қатнасында дөгерек сәўбети болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги тәрепинен Жәҳән банки менен биргеликте әмелге асырылып атырған «Санаат кәрханаларында энергия нәтийжелилигин арттырыў» жойбары ҳәм оның шәртлери, сондай-ақ, усы бағдарда әмелге асырылған жумыслар және алдағы режелер туўралы толық мағлыўмат берилди.
Дөгерек сәўбетинде усы жойбар бойынша дүзилген топар басшысы А.Алимбаев, жойбар координаторы М.Ҳакимов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, додаланып атырған мәселе бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелериниң бири екенлигин, жойбарды әмелге асырыўда коммерциялық банклер айрықша орын ийелейтуғынлығын атап өтти. Себеби, энергияны үнемлеў  кәрханада ислеп шығарылған өнимниң өзине түсер баҳасының азайыўына, бәсекиге шыдамлы болыўына, өнимди экпортқа шығарыў мүмкиншиликлериниң кеңейиўине кең мүмкиншилик жаратады.
Атап өтилгениндей, Жәҳән банки менен биргеликте 2011-2015-жылларда «Санаат кәрханаларының энергия нәтийжелилигин арттырыў» жойбары енгизилген ҳәм 25 миллион доллар муғдарында (1-фаза) қаржы ажыратылған. 2013-жылы қосымша 100 миллион долларлық (2-фаза) қаржыландырыў әмелге асырылған.
Нәтийжеде, 82 инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта ҳәм бул жылына 505,1 миллион кВт.с. электр энергиясын ҳәм 187,3 миллион м3 тәбийғый газди үнемлеўге мүмкиншилик туўдырмақта.
Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги тәрепинен Жәҳән банки менен киши өндирис кәрханаларын да қоллап-қуўатлаў мақсетинде қосымша пул қаржыларын ажыратыў бойынша турақлы түрде сөйлесиўлер алып барылмақта.
Нәтийжеде, 2018-жыл 30-январьдағы Жәҳән банкиниң директорлар Кеңеси тәрепинен жойбар шеңберинде қосымша 200 миллион доллар муғдарында қаржы ажыратылыўы мақулланған ҳәм 2018-жыл 2-октябрьде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 785-санлы қарары қабыл етилген.
Сондай-ақ, усы мүмкиншиликлерден пайдаланып, кредит алыўды қәлейтуғын кәрханаларға, яғный бир субжойбарға 10 миллион долларға шекем, бир тараўдағы субжойбарлар топарына 30 миллион долларға шекем кредит қаржылары ажыратылады. Бунда кәрхана яки шөлкемниң соңғы еки жыллық финанслық есабы пайда менен жуўмақланған болыўы, әмелге асырылып атырған субжойбардың энергия нәтийжелилиги жыллық тутыныўдан 20 проценттен кем болмаўы керек.
Дөгерек сәўбетинде санаат кәрханаларында әмелге асырылатуғын техникалық илажлар туўралы мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.
Топар ўәкиллери Нөкис қаласында ҳәм районларда жайласқан кәрханаларда болып, ол жерде әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
 
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
    2019-03-13 11:02:10 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine