Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Кегейлидеги төбелес өлим менен жуўмақланды



Кегейли районы «Ақтуба» АПЖ аймағындағы фермер хожалығының биринде бахытсыз ҳәдийсе жүз берди, деп жазады kar24.uz сайты.
Район пуқаралары А.Б. ҳәм А.К. өз-ара урысып, төбелеседи. А.Б. атлы шахс А.К. атлы шахстың бет бөлимине күшли жарақат жеткереди. Нәтийжеде жәбирлениўши райондағы медицина бирлеспесине алып барылады. Ол жерде есине келмей өмирден көз жумады, деп мағлыўмат берген Жынаят ислери бойынша Кегейли районы суды баслығы А.Бекманов.
Бул жынаят район суды тәрепинен көрилип, судланыўшы А.Б.ға Жынаят кодексиниң 104-статьясы 3-бөлим «д» бәнти менен 9 жыл азатлықтан айырыў жазасы тайынланған.
 
    2019-02-26 11:24:00 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine