Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қазақстанның финанслық технологиялар менен шуғылланыўшы компаниялары Өзбекистан базарын үйрениўге киристи



Бул ҳаққында Silkway Ventures холдингиниң маркетинг бойынша директоры Жеңис Мухиев мәлим етти, деп хабар береди «Spot.uz».
Оның айтыўынша, Өзбекистан базарына шығыў Қазақстанның финанслық технологиялар менен шуғылланыўшы компаниялары ушын 2018-жылдағы тийкарғы мақсетлеринен бири.
«Күтилип атырған қызықлы жойбар ҳәм басламалардан бири Қазақстанның тараў бойынша жойбарларын халық аралық базарлар, атап айтқанда, ашық болып атырған Өзбекистанға экспансиясын даўам еттириўден ибарат. Бир неше компаниялар қоңсы базарды үйренбекте ҳәм қоспа бизнести иске қосыў ушын шериклер излемекте», деген Мухиев.
 
    2018-01-08 06:41:53 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine