Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Kásiplik awqamları Moynaqta



Derek: kknews.uz
 
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары  Федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси хызметкерлери  «Аралды меҳир қутқарады» атамасындағы басламасы шеңберинде Мойнақ районында болып, Арал теңизиниң қурыған ултанына нәл егиў, сондай-ақ, район аймағында қурылып атырған «Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайының әтирапын абаданластырыў және көклемзарластырыў илажларына қатнасты. Усы күни райондағы  «Ҳәким ата» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Азамат Карибаев, «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Сабырхан Едилбаев, «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Ақмарал Кенжалиева, «Дослық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Гүлпара Аяпбергенова, «Арал» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Қәлемқас Аманжолиеваларға жаңа турақ жайлардың гилтлери тапсырылды.
Усы жердиң өзинде  Арал теңизиниң қурыған ултанына нәл егиў жумысларына қатнасып атырған көмекшилер менен ушырасыў шөлкемлестирилди. Оларға Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баҳалы саўғалары тапсырылды.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары  Федерациясы тәрепинен райондағы «Бозатаў» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Ақ кеме» балалар саўалландырыў орайының қурылыс жумыслары алып барылмақта. Қурылысшыларға ҳармасын айтқан кәсиплик аўқам хызметкерлери саўалландырыў орайының әтирапын абаданластырыў ҳәм көгалландырыў жумысларында да белсендилик көрсетти.
 
    2020-03-03 16:04:56 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine