Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қараўсыз жатқан қыйтақ жерлер мәмлекет есабына өткериледи



2022-жыл 1-январдан баслап фермерлер, дийхан хожалығы, қыйтақ жер ийелери тәрепинен нәтийжесиз пайдаланылып келинген жерлер яки улыўма қараўсыз қалған аймақлар мәмлекет есабына өткериледи. Бул ҳаққында Халық аралық Пресс-клубтың аўыл хожалығы тараўындағы реформаларға арналған гезектеги сессияасында Сенаттың аграр, суў хожалығы мәселелери ҳәм экалогия комитети баслығының орынбасары Баҳодир Тожиев айтып өтти. «Жер мәселелерин шешиў, сондай-ақ , жер ресурслары системасын жақсылаў керек. Қараўсыз қалған жерлерден нәтийжели пайдаланылса, мәмлекетимиз эканомикасына өзиниң  жақсы тәсирин көрсетеди.  Бул ҳәр бир қарыс жерде өнимдарлықты арттырыў ушын гөзленген нәтийжели жол. Буннан тысқары, ҳәзир қыйтақ жер ийелери өз аймақларында қыйтақ жерлерин жетистирмеген, абаданластырмаған болса, оларға жер салығын үш есеге шекем көбейтиў мәселесиде көрилип шығылған», - деди Боҳодир Тожиев.
Еслетип өтемиз усы жылдың 9-октябрь күни Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Фермер, дийхан хожалығы ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, аўыл хожалығы егин майданларынан нәтийжели пайдаланыў системасын түпкиликли раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары қабылланған. 2017-жыл 10-октябрьде болса нызамды орынлаў мақсетинде «Фермер, дийхан хожалығы ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын жәнеде раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарарға муўапық, жер майданларынан нәтийжесиз пайдаланған, аўыл хожалығы егинлерин толық екпеген, агротехника жумысларын өз ўаққытында ислемеген фермерлер, дийхан хожалығы ҳәм қыйтақ жер ийелерине жер участкасына болған ҳуқықларын бийкар қылыў илажлары көриледи.
 

 
    2017-10-20 13:07:18 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine