Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қараөзекте таңлаў өткерилди



Жақында Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының Қараөзек районлық кеңеси, партия «Жаслар қанаты» ҳәм районлық мәденият бөлими менен биргеликте “Миллий нама – мақтанышым” атлы миллий бақсышылық ҳәм аяқ ойыны бойынша таңлаўы өткерди. Таңлаў райондағы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби оқыўшылары арасында шөлкемлестирилди. Онда «Өзбекистан халық бақсысы» Ғайратдин Утемуратов, композитор ҳәм қосықшы Нурназар Қәллибеков, районлық балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби директоры Алаўатдин Нағметуллаев ҳәм партия ўәкиллери шығып сөйледи. Таңлаў район көлеминде бир басқышта өткерилип, онда тийкарынан ер ҳәм қыз балалар бақсышылық, аяқ ойыны жөнелислери бойынша өз өнерлерин сыннан өткерди.
Таңлаў жеңимпазлары төрешилер қурамы тәрепинен анықланды ҳәм жеңимпазлар менен қатнасыўшылар партия тәрепинен таярланған дәрежели дипломлар, ҳүрмет жарлықлары, баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. 


П.Аяпбергенова
Нөкис мәденият ҳәм көркем-өнер колледжи оқыўшысы
    2018-01-05 07:12:14 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine