Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қараөзекте китаплар көргизбеси өткерилди



Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қараөзек районлық кеңеси «Жаслар қанаты» басламасы менен райондағы экономика ҳәм турмыс хызмети кәсип-өнер колледжинде «Китаптың жаслар руўхыйлығын қәлиплестириўдеги орны ҳәм әҳмийети» атамасында райондағы китапханалардың жаңа китаплар көргизбеси ҳәм сәўбетлесиў кешеси шөлкемлестирилди. Онда Халық депутатлары Қараөзек районлық кеңесине партиядан сайланған депутат А.Палўаниязов, партия районлық кеңеси қәнигелери, Өзбекистан Жаслар аўқамы районлық кеңеси, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қараөзек районлық Кеңеси, Қараөзек районлық ХБМХМТ ҳәм ШБне қараслы 26-санлы мектеп жанындағы Мәлимлеме ресурс орайы, райондағы кәсип-өнер колледжлери ҳәм мектеплердиң китапханашылары,  китап сүйер оқыўшы жаслар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.                                                                   
                   Бийликке тийкарларланып ҳәм партия мақсет-ўазыйпаларына сәйкес ҳалда өткерилген илажда тийкарғы мәселе жасларды китапханаларға тартыў, китап оқыўға болған қызығыўшылығын арттырыўдан ибарат болды. Сәўбетлесиў кешеси даўамында райондағы мәлимлеме ресурс орайлары ҳәм ондағы жаратылған шараятлар ҳаққында, сондай-ақ, китап оқыўды кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша усыныслар, айырым машқалалар тыңланып, қәнигелер тәрепинен пикирлер билдирилди.
          Илаж даўамында райондағы китапханалар ҳәм Мәлимлеме ресурс орайларының жаңа китаплар көргизбеси ҳәм онда жаратылған шараятлар ҳаққында мағлыўматлар берилип, бул бағдарда машқала ҳәм алдағы ўазыйпалар ҳаққында бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте пикир алысыўлар, сораў-жуўаплар болды.
 
 Камила Сарқытбаева
Қараөзек аўыл хожалық кәсип өнер колледжи оқыўшысы
 
    2017-10-16 07:10:59 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine