Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстаннан Елимиздиң ең жоқары атақларына мүнәсип деп табылғанлар




24-августта «Өзбекистан Республикасы Ғәрезсизлигиниң жигирма бес жыллығы мүнәсибети менен илим-пән, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, әдебият, мәденият, көркем өнер, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық, ғалаба хабар қураллары және де социаллық тараў хызметкерлериниң бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы тастыйықланды. Пәрманға муўапық, Қарақалпақстан Республикасының жоқарыдағы тараўлар бойынша бир қатар пидәйы хызметкерлери елимиздиң ең жоқары атақ ҳәм медальларына ийе болды. Ўатанымыздың ғәрезсизлигин беккемлеў, миллий идеяны раўажландырыў, руўхыйлығымызды қайта тиклеў, өзлигимизди аңлаў жолында үлкен үлес қосқан, әжайып таланты ҳәм дөретиўшилиги, илимий искерлиги, ҳадал хызмети, жасларды ана ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялаў және де жәмийетлик жумысларда белсене қатнасқаны ушын төмендеги ҳүрметли дәреже ҳәм орденлер менен сыйлықлансын: «Өзбекистан Республикасы халық артисти» Шарипов Абибулла Нағметович – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрының бас балетмейстери «Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери» Мәтмуратов Сағынбай Ембергенович – Өзбекистан дөретиўшилик ансамбльлери бирлеспеси Қарақалпақ қосықшылық ҳәм аяқ-ойын ансамблиниң басшысы «Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери» Қаландарова Әмина Нуруллаевна – Нөкис «Ана ҳәм бала скрининги» орайының директоры «Фидокорона хизматлари учун» ордени менен Аннақличева Гүлистан Ахмедовна – «Қорақалпоғистон тонги» газетасының бас редакторы Елимизде ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал әўладты тәрбиялаў жумысларына қосқан үлкен үлеси және де жасларды Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық, саламат турмыс тәризи принциплери руўхында тәрбиялаўдағы хызметлери ушын төмендегилер сыйлықлансын: II дәрежели «Соғлом авлод учун» ордени менен Зарипова Жарқын Сабуровна - Қарақалпақстан Республикасы Хожели районлық медицина бирлеспесиниң бас педиатры Елимизде әмелге асырылып атырған руўхый-ағартыўшылық ҳәм социаллық реформаларда белсене қатнасқаны, жемисли мийнети, жас әўладты Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў ислерине қосқан үлеси ушын төмендегилер сыйлықлансын: «Шуҳрат» медалы менен Алланазаров Зийнатдин Қуўатбаевич – Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы Нөкис телерадио орайының телеоператоры Бекниязов Базарбай Қурбанбаевич – Нөкис темир жоллары транспорты кәсип-өнер колледжиниң арнаўлы пән оқытыўшысы Досбергенова Генжегүл Оразбаевна – Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районы медицина бирлеспесиниң «Мәденият» аўыллық-шыпакерлик пункти баслығы Ерназаров Бекназар – Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының жуўаплы хаткери, балалар шайыры Изимбетов Расул Қайруллаевич – «Айқулаш жулдызлары» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамблиниң артисти Исмаилов Әжинияз Ембергенович – Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәденият сарайының директоры Нурбекова Гүлназ Азатовна – Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы Қарақалпақстан телерадиоканалы музыкалы кеўил ашар бағдарламалар редакциясының бас редакторы. Елимиздиң экономикалық дәрежесин жетилистириў ҳәм реформаларды нәтийжели әмелге асырыў жумысларындағы үлкен хызметлери, көп жыллық нәтийжели мийнети менен аўыл ҳәм суў хожалығы, санаат, транспорт, байланыс және қурылыс тараўларын раўажландырыўға қосқан салмақлы үлеси, сондай-ақ, социаллық турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилерге ҳүрметли атақлар берилсин: «Өзбекистан Республикасына мийнети сиңген санаат хызметкери» Жураев Тулаган Тошпулатович – «Үстирт газ-химия комплекси» Өзбекистан-Корея қоспа кәрханасы басқармасы баслығының биринши орынбасары Елимиз ғәрезсизлигин беккемлеў, оның экономикалық қүдиретин жетилистириў, жас әўладты ана Ўатанға деген муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, пидәкерлик мийнети, ўатан сүйиўшилиги ҳәм социаллық турмыстағы белсендилиги менен ел-журттың ҳүрмет-иззетине ерискени ушын төмендегилер сыйлықлансын: «Эл-юрт ҳурмати» ордени менен Джумабеков Жали Исаакович – Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы 1-санлы академиялық лицейдиң физика пәни оқытыўшысы «Фидокорона хизматлари учун» ордени менен Палымбетов Садатдин Зийўатдинович – «Үстирт газ-химия комплекси жойбарластырылған объектлерин қурыў ҳәм Сүргил газ конденсат кәнин өзлестириў дирекциясы» унитар кәрханасының инфраструктуралық объектлерин жойбарластырыў ҳәм қурылыс департаменти баслығы «Меҳнат шуҳрати» ордени менен Қурбаниязов Айтмурат Сейдабуллаевич – «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң Қоңырат локомотив депосы тепловоз машинисти «Дўстлик» ордени менен Абибуллаев Қуўатбай Артықбаевич – «Тақыятас жыллылық электр станциясы» акционерлик жәмийетиниң қазан турбина цехының баслығы «Шуҳрат» медалы менен (100 жастан өткенлер) Есемуратова Алмахан – Шымбай районы «Жасорат» медалы менен Утепова Дамегүл Камаловна – Қоңырат районындағы 19-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң есапшысы «Шуҳрат» медалы менен Бекназаров Байрам Ерназарович – «Төменги Әмиўдәрья» ирригациялық системалары бассейни басқармасының «Қуўаныш-жарма» ирригациялық системасы басқармасының инженери Бекниязов Ерғали Ниетуллаевич – «Өзбекгеофизика» акционерлик жәмийетиниң «Үстирт геофизикалық экспедициясы» филиалы дала партиясының баслығы Буранов Қурал Айтбаевич – «Үстирт газ-химия комплекси жойбарластырылған объектлерин қурыў ҳәм Сүргил газ конденсат кәнин өзлестириў дирекциясы» унитар кәрханасының инфраструктуралық объектлерин жойбарластырыў ҳәм қурылыс департаменти жетекши инженери Дәнияров Абатбай Сапарбаевич – «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекетиниң Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Джарылқағанова Гүлистан Сәрсенбаевна – Қараөзек районындағы «Гүлистан» фермер хожалығының баслығы Жақсымуратов Ислам Махсетбаевич – «Үстирт газ-химия комплекси жойбарластырылған объектлерин қурыў ҳәм Сүргил газ конденсат кәнин өзлестириў дирекциясы» унитар кәрханасының инфраструктуралық объектлерин жойбарластырыў ҳәм қурылыс департаменти бас қәнигеси Қалилаев Юсуп Азбергенович – «Өзнефтгазқазыпшығарыў» акционерлик компаниясының «Үстиртгаз» жуўапкершилиги шекленген жәмийети бурғылаўшысы Қосымбетова Қутлы Абдуллаевна – Қоңырат районындағы «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйыны баслығы Раманов Тайыр Сапарбаевич – «Өзэлектромонтаж» акционерлик жәмийетиниң «Нөкис электромонтаж» жуўапкершилиги шекленген жәмийети электромонтажшысы. 
    2016-11-14 10:04:41 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine