Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстанлы спортшыларға Президент саўғалары тапсырылды



Қарақалпақстан хабар агентлиги мәлим етиўинше, Нөкис қаласында халқымыздың мақтанышына айланған спортшы, аўыр атлетика бойынша Өзбекистан сайланды командасы ағзасы, Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы Рустам Жаңабаевқа «Нексия» автомашинасы салтанатлы түрде тапсырылды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Муса Ерниязов Өзбекистан Республикасы Президентиниң арнаўлы саўғасы – Нексия автомашинасы гилтин тапсырды. Илаж даўамында елимиздиң бирқатар спортшылары да сыйлықланды. Атап айтқанда, Муай-тай бойынша 2016-жыл 20-27-ноябрь күнлери Россияның Қазан қаласында өткерилген Жәҳән чемпионатының сыйлы 3-орын жеңимпазы Үббинияз Төрениязов, Еркин гүрес бойынша усы жылы сентябрь айында  Ашхабад қаласында жабық имаратларда өткерилген V Азия ойынларында 3-орын жеңимпазлары Дәўлетбийке Яхшимуратова ҳәм Севара Ешмуратоваларға ҳәм бул спортшылардың тренерлери – Аўыр атлетика бойынша Өзбекистан сайланды командасы тренери  Мансур Чашимов, Еркин гүрес бойынша тренер, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген тренер Қутлымурат  Жуманов, Муайтай бойынша  тренер Дамир Хасанов, Кураш бойынша тренер Нөкисбай Данияровлар қымбат баҳалы телевизорлар менен сыйлықланды.
 
    2017-11-16 08:04:28 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine