Nukus fm Nukus fm Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ Нукус ФМ No'kis FM Нукус ФМ No'kis FM Nukus fm

Қарақалпақстанда қырғаўылларды аўлаў қадаған етилди



Қарақалпақстан Республикасы аймағында 2019-жылдың 16-январь күнинен баслап, яғный 2019-2020-жылларда қырғаўылларды аўлаў қадаған етиледи. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 16-январда «Қарақалпақстан Республикасы аймағында қырғаўылларды қорғаў ҳәм бас санын көбейтиў ис-илажлары ҳаққында»ғы 14-санлы қарары қабыл етилди. Сондай-ақ, қарар менен қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлаўға жол қоймаў жумысларын күшейтиў, қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлаўға жол қойған шахсларға әмелдеги нызамлар тийкарында ҳәм белгиленген тәртипте тийисли илажлар көриў;
Соның менен бир қатарда, қырғаўыллардың бас санын анықлаў мақсетинде жыллық есабын жүргизиў ҳәм биологиялық илим-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў ҳәмде қырғаўыллардың бас саны бойынша ҳәр шерек жуўмағы менен Министрлер Кеңесине мағлыўмат берип барыў белгиленген.
 
    2019-01-18 16:44:31 |

Нөкис ФМ 100.4 каналында




Ҳаўа-райы



Миллий валюта көрсеткиши


Жоқарыға
Copyright © 2016-2020 Company Nukus Soft Engine